Қарақалпақстанда жәмийетлик транспорт хызметин еле де раўажландырыў мәселелери бойынша Қытай компаниясы ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди

Chop etish Sahifani ulashish
21.04.2025 39 Yangiliklar

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети баслығы И.Сдиков ҳәм Транспорт министри П.Каипбековлар хызмет сапары менен Қытай Халық Республикасының Чжэнчжоу қаласына барды.

Сапар шеңберинде «Yutong Bus Co» компаниясының халықаралық маркетинг бойынша вице-президенти Сюй Пен менен жәмийетлик транспорт хызметин еле де раўажландырыў мәселелери бойынша ушырасыў өткерилди.

Толық оқыў (https://joqargikenes.uz/26033.html)